1
Жаратылыс 32:28
Мухаддес Китап
КркМК22
Сонда Ол адам: – Буннан былай, сен Яқып емес, ал Израил деп аталасаң. Өйткени сен Қудай ҳәм адамлар менен гүресип, жеңип шықтың, – деди.
Compare
Жаратылыс 32:28 ખોજ કરો
2
Жаратылыс 32:26
Сонда Ол адам: – Мени жибер, таң атып киятыр, – деди. Бирақ Яқып Оған: – Маған пәтияңды бермегениңше, Сени жибермеймен! – деди.
Жаратылыс 32:26 ખોજ કરો
3
Жаратылыс 32:24
Кейин Яқып жалғыз өзи қалды. Сонда бир адам оның менен таң атқанша гүрести.
Жаратылыс 32:24 ખોજ કરો
4
Жаратылыс 32:30
Яқып: «Мен Қудайды жүзбе-жүз көрдим, бирақ тири қалдым», – деп сол жерди Пенуел деп атады.
Жаратылыс 32:30 ખોજ કરો
5
Жаратылыс 32:25
Ол Яқыпты жеңе алмайтуғынын билгенде, Яқыптың жамбасына урып жиберди ҳәм оның жамбас сүйеги шығып кетти.
Жаратылыс 32:25 ખોજ કરો
6
Жаратылыс 32:27
Ол адам Яқыптан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Яқып, – деп жуўап берди.
Жаратылыс 32:27 ખોજ કરો
7
Жаратылыс 32:29
Яқып Оған: – Өтиниш, атыңызды айтыңыз? – деди. Бирақ Ол адам: – Не ушын Мениң атымды сорап атырсаң? – деди. Соңынан Ол сол жерде Яқыпқа пәтиясын берди.
Жаратылыс 32:29 ખોજ કરો
8
Жаратылыс 32:10
Мендей қулыңа көрсеткен барлық жақсылығыңа ҳәм садықлығыңа ылайықлы емеспен. Мен Иордан дәрьясын кесип өткенимде, таяғымнан басқа ҳеш нәрсем жоқ еди. Енди болса, еки топар болып қайттым.
Жаратылыс 32:10 ખોજ કરો
9
Жаратылыс 32:32
Яқыптың жамбас сүйегиндеги сиңири зақым көргенликтен, израиллылар усы күнге дейин жамбас сүйектиң сиңирин жемейди.
Жаратылыс 32:32 ખોજ કરો
10
Жаратылыс 32:9
Соңынан Яқып былай деп дуўа етти: «Атам Ибрайымның ҳәм әкем Ысақтың Қудай Ийеси! Сен маған: „Өз елиңе ҳәм туўған-туўысқанларыңа қайт, Мен саған жақсылық қыламан“, – деген едиң.
Жаратылыс 32:9 ખોજ કરો
11
Жаратылыс 32:11
Жалбарынаман, мени әжағам Эсаўдан қорға! Өйткени мен оның келип, мени ҳәм мениң балаларымды аналары менен бирге өлтириўинен қорқаман.
Жаратылыс 32:11 ખોજ કરો
હોમ
બાઇબલ
યોજનાઓ
વિડિઓઝ