Мен өзиме тапсырылғандай, пайғамбаршылық еттим. Пайғамбаршылық етип атырғанымда, тасырлаған шаўқым еситилди, сүйеклер бир-бири менен бирлесе баслады. Мен оларда сиңирдиң ҳәм еттиң қалай пайда болғанын, оларды тери қаплағанын көрдим. Бирақ денесинде еле жан жоқ еди.